Музейге саяхат
Президентимиздиң 5 басламасы бойынша, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы талаба жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, филиал Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими тәрепинен реже исленип шығылды.

Сол режеге тийкар 1-курс оқыўшыларын топар басшылары менен бирге Қарақалпақ мәмлекетлик И.В.Савицкий атындағы санаат музейи ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы «Қатаған қурбанлары» музейлерине саяхат шөлкемлестирилди.

Бунда, барған студент жасларға музей хызметкери , музейдеги көргизбели сүўретлер бойынша ҳәм онда не сүўретленгени музейдеги тарийхый мағлыўматлар ҳаққында кеңнен түсиндирип өтти. Талабалар өзлериниң қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.
