Тəжирийбе алмасыў сааты
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-ноябрь күнги «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дəўиринде тəлим-тəрбия ҳəм илим-пəн тараўларын раўажландырыў ис-илəжлары ҳаққында»ғы ПП-6108-санлы Пəрманыныда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-ноябрь күни Жоқары оқыў орынларына кириў имтиҳанларында пəс көрсеткишге ийе болған улыўма орта билим бериў мектеплерин жоқары оқыў орынларына бириктириў ҳəм олардың жумыс алып барыў нəтийжелигин асырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ушын Өзбекстан мəмлекетлик дене тəрбия ҳəм спорт университети Нөкис филиалынан ишки топар қурамы дүзилип Республикамыздағы шетки районлардағы бир қанша улыўма билим бериў мектеплерине барып, ол жердеги оқытыўшылардың кəсиплик тəжирийбелерин асырыў ҳəм оларды методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде хызмет сапары шөлкемлестирилди.

Атап айтқанда, ишки топар филиалға бириктирилген Беруний районы №68-улыўма билим бериў мектеби, Елликқала районы №55-санлы улыўма билим бериў мектеби, Нөкис районы №11-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳəм Əмиўдəрья районы №24-санлы ҳəм №47-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болып, мектеп оқытыўшылары, оқыўшылар ҳəм олардың ата-аналары менен ушырысыў кешесин өткерди.

Ушырасыў даўамында филиал директоры Б.Мамбетов сөзге шығып, филиал ҳаққында кеңирек мағлыўматлар берип, оларға тəлим-тəрбия ҳəм илим-пəн тараўларын асырыў ҳəм оларды методикалық жақтан қоллап-қуўатлаўға жәрдем беретуғынлығын айтып, биргеликте жумыслар алып барыў ушын усыныс ҳәм пикирин билдирди, жәнеде алға қойған ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, филиал оқыў ҳəм тəрбия ислери бойынша директор орынбасары Б.Утемуратов, Спорт түрлери бойынша факультет деканы Р.Шаниязов ҳəм Биология пəни оқытыўшысы Р.Реймбаевалар сөзге шығып мектеплерде оқыў саатларының өтиў усыллыры ҳəм метотлардан пайдаланыў жоллары бойынша мектеп оқытыўшыларына мастер класс ҳəм семинарлар өткерди.

Ушырасыў соңында еки тəреплеме қоспа режелер дүзилип тастыйықланды. Мектеплердеги сабақ өтилиў барысы, спорт зал, оқыў ханалары, информатика ҳəм шет-тиллер ханалары көрип шығылды ҳəм ўазыпалар белгилеп алынды.

