Жаңа жыл байрамы
Филиалымыз жәмәәти тәрепинен Жаңа жылды мүнәсип күтип алыў мақсетинде дәргайымыз байрамға сай тәризде безетилди. Профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер, студент-жаслар жүзинде байрам кейпияты, ҳәмме бир-бирине жақынласып киятырған байрам менен қутлықламақта.

Ҳәммемизге белгили 2020-жыл тек ғана мәмлекетимиз емес, ал дүнья жүзи бойынша сынақлы, аўыр болып келди. Соған қарамастан филиалымызда илим-билимлендириў, спорт тараўында, ал кимлердиңдур жеке турмысында қуўанышлы ўақыялар жүз берди.
Кирип киятырған 2021-жылдан да үмитлеримиз мол. Филиалымыз спортшы жаслары дүнья ареналарында мәмлекетимиз байрағын бәлентлерге көтерип, тыным билмес устазларымыз тараўлар бойынша илимде жаңалықлар ашыўына исенимимиз кәмил.
Ҳүкиметимиз тәрепинен байрам қарсаңында пандемия тарқалыўының алдын алыўға қаратылған усынысларын есапқа алып филиал жәмәәти, студент-жаслары байрамды өз шаңарақларында көтериңки руўхта күтип алыў басламасын қоллап-қуўатлайды ҳәм оған әмел етеди. Себеби, халқымызда даналық гәп бар «Сақлықта қорлық жоқ» деген.
Бәршеңизди Филиал басшылығы тәрепинен кирип киятырған Жаңа жыл менен қутлықлай отырып, жумыс ҳәм оқыўларыңызда табыслар, беккем денсаўлық, әўметлер тилеп қаламыз!