Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

БИЗ ЖАТ ИЛЛЕТЛЕРГЕ ҚАРСЫМЫЗ

Усы жылдыӊ 29-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент-жаслары арасында жәмийетимиз ушын жат иллетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде филиалдыӊ Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми басламасы менен «Динлер аралық кеӊпейиллик ата-бабаларымыздан мийрас болған қәдирият», «Мен диний экстремизм ҳәм терроризмди қалай түсинемен?» бағдарында сүўрет салыў, сондай-ақ, «Адам саўдасы-дәўир машқаласы» атамасында шығармалар таӊлаўы өткерилди. Таӊлаўда филиал студент-жаслары белсене қатнасып, жеӊимпазлар ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.