Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

2021-2022-ОҚЫЎ ЖЫЛЫНДА СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎҒА МҮТӘЖ ШАҢАРАҚЛАРДА ЖАСАЎШЫ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫНА АЖЫРАТЫЛАТУҒЫН МӘМЛЕКЕТЛИК ГРАНТЛАР САНЫ ЕКИ МЫҢ ЕТИП БЕЛГИЛЕНДИ

Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары менен 2020-жыл 23-июньдағы            402-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Қарар тийкарында:

 – социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларда жасаўшы ҳаял-қызлар ушын жоқары билимлендириўге ажыратылған мәмлекетлик грантлар санын еки есеге асырыў арқалы еки мыңға жеткериледи;

 усыныс алыў ушын талабан турақлы жасаў яки ўақтынша жасап турған жери бойынша район (қала) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимине электрон тәризинде мүрәжат етиў имканияты жаратылады.

 – усыныс белгиленген критерияларға сай келген социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардағы барлық талабан ҳаял-қызлар ушын бир жыл мүддетке берилиўи белгиленди.

Сондай-ақ, шаңарақтың социаллық қорғаўға мүтәжлик дәрежесин “Темир дәптер” ҳәм “Ҳаяллар дәптери”нде дизимге алынған шаңарақлардың қыз балаларына ҳәм “Жаслар дәптери”нде дизимге алынған ҳаял-қызлар ҳаққындағы мағлыўматлар арқалы анықлаў тәртиби енгизиледи

Дерек: (Edu.uz).