ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ФУТБОЛ БОЙЫНША ХХVIII ЧЕМПИОНАТЫ УШЫН ЕКИНШИ ТУР ОЙЫНЛАРЫ БОЛЫП ӨТТИ
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-май күнги «Аймақларда футбол ассоциациялары хызметин жǝне де қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде ҳәм Қарақалпақстан Республикасында футбол спорты түрин ғалабалық түрде раўажландырыў, жасларды спортқа кеңнен тартыў, баллар ҳǝм жас ɵспиримлерди футболға таярлаў, тǝрбиялаў, халық саламатлығын беккемлеў, «Арал самалы» футбол клубы ушын исенимли резервти қǝлиплестириў, ең күшли командаларды анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатының екинши тур ойынлары ɵткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионаты екинши тур ойынлары ушын Футбол академиясы ҳǝм ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалының командалар ɵз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай тǝризде болып ɵткен жарыс ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалының командасы қурамы ағзасы Ж.Юсуфовтың дәслепки голы менен ашып берилди. Екинши тур ойынлары 8:0 есабында жуўмақланды. Яғный, ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы қарсылас команданы 8:0 есабында жеңип жеңиске еристи.

ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбия ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасын ойынға тренер И.Абдуллаев таярлады.
Филиал Баспасɵз хызмети.