Зайнаб 2020-жылдыӊ 15-17-февраль күнлери Алжирде өткерилген жәҳән кубогинде II орынды, 2021-жылы Болгария пайтахты София қаласында болып өткен халықаралық турнирде III орынды ийелеген болса, усы жылдыӊ 25-26-апрель күнлери Азия-Океания мәмлекетлери арасында өткерилген чемпионатта өзиниӊ ҳәр тәреплеме күшли спортшы екенлигин дәлийллеп, Японияныӊ Токио қаласында болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпиада ойынларына жолламаны қолға киргизди. Ол ҳәзирги күнлери Олимпиада ойынларында жеӊип шығыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте. Университетимиз студентиниӊ Жаслар күни байрамы мүнәсибети менен Президент Пәрманы тийкарында “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланыўы Зайнаб Дайыбекованыӊ Олимпиаданыӊ алтын медалын жеӊип алыўы ушын қосымша хошамет ҳәм жуўапкершилик болды. Алдағы ўақытлары ол Президентимиздиӊ оған билдирген бул жоқары исеними ҳәм хошаметинен руўхланып, Токиода да жеӊимпазлықты қолға киргизеди деп ойлаймыз,-дейди Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы хам спорт университети Нөкис филиалы директоры Байрам Мәмбетов.
Бизлерде өз гезегинде халқымыз мақтанышына айланған спортшылар Жалғасбай Бердимуратов ҳәм Зайнаб Дайыбековалардыӊ Японияныӊ Токио қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларында жеӊип шығып, көксинде тағылған “Шуҳрат” медалы Олимпиаданыӊ алтын медалына айланатуғынына исенемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
