ЕСКЕК ЕСИЎДЕ ӨЗБЕКСТАН ЧЕМПИОНЛАРЫ ҚАТАРЫ КӨБЕЙМЕКТЕ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Спорт искерлиги ескек есиў бағдарының студентлери спорттың Академиялық ескек есиў түри бойынша 1-7-июль күнлери аралығында Өзбекстан кубоги ушын Ташкент қаласында болып өткен 1 адамлық жуп ескек, 2 адамлық жуп ескек ҳәм 4 адамлық жуп ескек есиў жарысларында сыйлы орынларды ийеледи. Яғный, Асадбек Джумақанов 1 адамлық жуп ескек есиўде 1-орынды алып Өзбекстан чемпионы болды ҳәм Мухаммеджан Баймуратов 3-орын менен шекленди. Соң 2 адамлық жуп ескек есиўде Асадбек Джумақанов ҳәм Мухаммеджан Баймуратовлар 2-орын, Ербол Қуўанышбаев 3-орынларды ийеледи. Ал, 4 адамлық жуп ескек есиўде Мухаммеджан Баймуратов, Асадбек Джумақанов ҳәм Ербол Қуўанышбаевлар 3-орынды ийеледи. Қыз балалар арасында өткерилген жарыста Гүлнур Отарбаева 4 адамлық тақ ескек есиўде 3-орынды ийеледи.


Спортшыларды жарысқа таярлаған тренерлер Баҳадыр Дәўлетияров ҳәм Сәрсен Байлепесовлар.
Филиал Баспасɵз хызмети