«Меҳрийбанлық» үйи ҳәм Балалар қалашасының питкериўшилери болған шын жетимлер ушын қосымша мәмлекетлик грант орынлары ажыратылды
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2021-жыл 2-июль күнги 1-санлы баянламасы тийкарында жоқары оқыў орынларына ажыратылған қабыллаў квотасының улыўма санына салыстырғанда «Меҳрийбанлық» үйи ҳәм Балалар қалашасының питкериўшилери болған шын жетимлер ушын қосымша бир пайызлы мәмлекетлик грант орынлары тийкарында қабыллаў көрсеткишлериниң жоқары оқыў орынлары ҳәм тәлим формалары кесиминде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалына жәми 3 мәмлекетлик грант орыны ажыратылды. Яғный, 2 орын күндизги бөлим ушын ҳәм 1 орын сыртқы бөлим ушын бөлистирилди.
Филиал Баспасөз хызмети