Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

«ТЕМИР ДӘПТЕР»ГЕ КИРГЕН ШАҢАРАҚЛАРДЫҢ КОНТРАКТТА ОҚЫП АТЫРҒАН ПЕРЗЕНТЛЕРИНЕ БИРИНШИ ОҚЫЎ ЖЫЛЫ УШЫН КОНТРАКТ ТӨЛЕМИ ТӨЛЕП БЕРИЛЕДИ

Өзбекстан Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 13-июльдағы «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2021-2022-оқыў жылында биринши оқыў жылы ушын «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында билим алып атырған перзентлерине Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төлемли контракт төлеминиң толық суммасы төлеп бериледи.

Сондай-ақ, пәрман тийкарында усы жылдың 1-сентябринен баслап республикамыздағы жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын Орайлық банктиң тийкарғы процентлик ставкасы муғдарында ҳәм оқыў мүддети жуўмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыллық мүддетте қайтарыў шәрти менен тәлим кредитлери ажыратылыўы белгиленди.

ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.