СТУДЕНТИМИЗ ЗАЙНАБ ДАЙЫБЕКОВАНЫҢ СӘТЛИ ҚӘДЕМЛЕРИ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студенти Зайнаб Дайыбекова Токио олимпиадасында өзиниң сәтли қәдемлери менен барлық Ўатанласларымызды қуўанышқа бөлемекте.

Қылышпазлықтың сабля бағдарында Токио Олимпиадасына қатнасып атырған жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова биринши айланымда япониялы спортшы Аоки Чиканы 15:9 есабында, кейинги басқышта болса қытайлы тәжирийбели қарсыласы Яци Шаоны 15:10 нәтийжеси менен жеңип шықты.
Ҳәзир ғана, болып өткен беллесиўлерде Зайнаб кореялы қарсыласын 15:12 есабында жеңип, 1/8 басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Жерлесимиз, филиалымыз студенти Зайнаб Дайыбековаға әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.