Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Олимпиада қатнасыўшысы болды

– Быйылғы Олимпиада биз ушын спорт тараўында бирнеше жаңа қәбилет ийелери, жаңа Өзбекстанның жаңа қаҳарманларын анықлап бергенин атап өтиў керек.

Атап айтқанда, 18 жаслы спортшы қызымыз, қарақалпақ халқының мүнәсип перзенти Зайнаб Дайыбекова қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Олимпиада да қатнасыўшысы деген мәртебеге еристи.

Ең әҳмийетлиси, ол жарыслардың екинши айланымында Азия ойынларының финалшысы, дүнья рейтингинде 3-орында туратуғын қытайлы тәжирийбели спортшыны жеңип шықты.

Мен исенемен, Зайнаб қызымыз келеси Олимпия ойынларында буннан да белсене қатнасып, өзиниң шеберлиги менен Өзбекстанымызға әлбетте алтын медаль алып келеди.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.