Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

ЎАТАН-МУҚАДДЕС, ОНЫ ҚОРҒАЎ ӘДИЎЛИ МИННЕТ

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 19-март күнги видео селекторында жаслар арасында руўхый-ағартыўшылық жумысларыныӊ нәтийжелигин асырыў, олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша бес әҳмийетли басламаныӊ бир бағдары жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси менен биргеликте «Ўатан-муқаддес, оны қорғаў әдиўли миннет» сүрени астында Нөкис гарнизоныныӊ мәжилислер залында руўхыйлық-ағартыўшылық кешеси болып өтти.
Шөлкемлестирилген кешеге республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларыныӊ студент жаслары қатарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ студент жасларыда белсене қатнасты.

Филиал Баспасөз хызмети.