«Автомобильсиз бир күн» акциясына жәмәәтимиз белсене қатнаспақта
Атмосфера қатламыныӊ тазалығына ерисиў, жәмийетлик транспорт қуралларынан шығатуғын ҳәр қыйлы зәҳәрли газлердиӊ өзлеримиз дем алатуғын ҳаўа қатламына тарқалыўыныӊ алдын алыў ҳәм халқымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, әсиресе, жасларымызды спортқа кеӊнен тартыў бағдарында елимизде ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар илажлар шөлкемлестирилип келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 19-ноябрьде қабыл етилген «Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Автомобильсиз бир күн» акциясы өткерилип келинбекте.
Сәне мүнәсибети менен Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Автомобильсиз бир күн» акциясына Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы мийнет жәмәәти де белсене қатнаспақта.
Филиал Баспасөз хызмети.




