Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Мақсет-Өзбекстан көлеминде жеӊимпаз болыў

Өзбекстан Республикасыныӊ «Дене тәрбиясы ҳәм спорт ҳаққында»ғы Нызамы, Министрлер Кабинетиниӊ 1999-жыл 27-майдағы «Өзбекстан дене тәрбиясы ҳәм спортты және де раўажландырыў исилажлары ҳаққында»ғы 271-санлы, сондайақ, Федерацияныӊ дене тәрбиясы ҳәм ғалаба спортты раўажландырыў Концепциясында белгиленген ўәзийпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў, «11-ноябрьӨзбекстан кәсиплик аўқамлары күни»не арнап тараўлық кәсиплик аўқамлары системасындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгитнәсиятлаў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға кеңнен тартыў, спортсаўалландырыў илажлары арқалы денсаўлықларын тиклеўге жәрдем бериў, спорттың ғалабалық түрлерине қамтыў, хызметкерлерди ҳәр қыйлы кәсиплик кеселликлеринен спорт ҳәм саламат турмыс тәризи тийкарлары арқалы қорғаў мақсетинде «Спортсаламатлық гиреўи!» сүрени астында спорттыӊ стол тенниси, волейбол, шахматшашка, минифутбол түрлери бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланып шөлкемлестирилип атырған  республикалық Спартакиадаға старт берилген еди.

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ профессор-оқытыўшы, хызметкер қызлары арасынан дүзилген сайланды командасы спорттыӊ волейбол түринен барлық қарсыласларынан үстин келип жеӊимпаз болған командалар қатарында республикалық Спартакиаданыӊ Харезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық басқышына жоллама алған еди.

Бүгин 1-ноябрь күни республикалық Спартакиаданыӊ Харезм ўәлаятында болып өткен аймақлық басқышында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ профессор-оқытыўшы, хызметкер қызлары арасынан дүзилген Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы Харезм ўәлаятыныӊ сайланды қызлар командасы менен спорттыӊ волейбол түринен республикалық Спартакиаданыӊ Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы басқышы ушын күш сынасты.

– Республикалық Спартакиаданыӊ аймақлық басқышы жүдә қызғын беллесиўлерге бай болып өтти. Қарсылас сайланды команданыӊ ағзаларыда жарысқа жақсы таярлықлар менен келгенлиги жарыс барысында анық сезилип турды. Лекин, тилекке қарсы, биздеги топланған бай тәжрийбе ҳәм филиалымызда профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер ҳәм студентлердиӊ спорт пенен турақлы шуғылланыўлары ушын жаратылған имканиятлар, қызларымыздыӊ шаққанлығы, ойын барысында анықлық пенен ҳәрекет етиўлери қарсылас команда қызларынан үстин келиўимизге тийкар жаратты,-дейди команда сәрдары Махсуда Юлдашева.

Филиалымыздыӊ шаққан, талапшаӊ қызларынан дүзилген Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзалары Хорезм ўәлаятыныӊ сайланды командасы қызлары үстинен 2:1 есабы менен жеӊиске ерисип, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды ҳәм республикалық Спартакиаданыӊ Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Республикалық Спартакиада жарысында бириншиликти қолдан бермей киятырған филиалымыз қызлары арасынан дүзилген сайланды командасы ағзаларына жарыстыӊ кейинги басқышында да күшлилилер арасынан үстин келип топты жарып шығып бириншиликти алып келиўлерине тилеклеспиз.

Сайланды команда ағзаларын ерисип атырған табыслары менен филиалымыз жәмәәти атынан қызғын қутлықлаймыз.

Қосымша етип өтемиз спорттыӊ минифутбол түринен күш сынасқан Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасыда қарсылас команданы 9:3 есабы менен утып жеӊиске еристи ҳәм кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Филиал Баспасөз хызмети.