Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

СЕМИНАР БОЛЫП ӨТТИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-мартдағы “Халықаралық раўажландырыў ассоциациясы қатнасыўындағы “Жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық техникалық базасын беккемлеў” жойбары илажлары ҳаққында”ғи ПҚ-2848-санлы шешиминиӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Жәҳән банки кредит қаржлары есабынан инвестиция жойбары әмелге асырылмақта.

 Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 2021-жыл 2-ноябрь күни “AL Mar Consulting” ЖШЖ тәрепинен семинар өткерилди. Семинарға филиалдың барлық хызметкерлери қатнасты. Семинарда Қарақалпақ мәмлекетлик университети халықаралық байланыслар бойынша проректоры А.Алимов сөзге шығып  «researchgate-linkedin» ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Филиал Баспасөз хызмети.