˝Көркем гимнастикада физикалық шынығыў түрлери˝ бойынша онлайн ашық сабақ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети профессор оқытыўшылары талабаларға үзликсиз аралықтан билим берип, онлайн сабақ өтиўди даўам еттирмекте. Сондай ақ, филиал «Көркем гимнастика ҳәм методикасы» пәни оқытыўшысы Т.Джуманиязова ˝Көркем гимнастикада физикалық шынығыў түрлери˝ бойынша 2-курс (Спорт искерлиги, Көркем гимнастика жөнелиси) талабаларына онлайн ашық сабақ өтти.
Бунда, ашық сабақ қатнасыўшыларына көркем гимнастиканың физикалық әҳмийети, инсан шеберлигинен тысқары, улыўмалық тәризде әмелге асырылатуғын шынығыўлар, шуғылланыўшылар саламатлығын беккемлеў, денени ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған көргизбели қураллар менен кеӊнен түсиндирди ҳәм техникалық шынығыўларды туўры ислеў кереклигин айтып өтти. Ашық сабақ жүдә мазмунлы өтти талабалар өзлери қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
