Филиалда Пресс-Конференция болып өтти
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 23-октябрьдеги 01-07/376-санлы хатына тийкар Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 23-сентябрьдеги «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамының мазмун-мәнисин түсиндириў, кеңнен үйренип шығыў ҳәм додалаў мақсетинде онлайн мәжилис болып өтти. Мәжилиске профессор-оқытыўшылар ҳәм филиал хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисти, филиал Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары М.Айтымбетов ашып берди ҳәм Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 23-сентябрьдеги «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирип өтти.
Жәнеде, филиалдың билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими баслығы М.Рамазановтың нызамға киргизилген өзгерислер ҳаққындағы баянаты оқып еситтирилди.
Мәжилис соңында бул нызам бойынша, филиал оқытыўшылары тәрепинен көплеген пикирлер айтылды.