Спорттың бадминтон түри бойынша Нөкис калалык турнир болып өтти
24-25-октябрь күнлери аралығында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы “Арал” спорт клубы тәрепинен спорттың Бадминтон түри бойынша Нөкис қалалық турнир шөлкемлестирилди.

Республикамызда Бадминтон спорт түрин раўажландырыў, спорт шеберлигин жетилистириў, дене тәрбия ҳәм спортты кең үгит нәсиятлаў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў. Мәҳәллелердеги жәмлеспеген жасларды спортқа қамтыў ушын жарыс өткерилмекте.

Жарысқа қала (район)лардағы мәҳәллелердеги жас өзгешеликлерине қарай жас өспиримлер, жаслар ҳәм ересеклер қатнасады.