Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Филиалдыӊ гезектеги мәжилиси болып өтти

4-ноябрь күни, филиалда Илимий Кеңестиң нәўбеттеги мәжилиси болып  өтти. Мәжилисти Илимий Кеӊес хаткери Қ.Кеӊесбаев алып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша таныстырды. Мәжилиске филиал хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Филиал директоры Б.Мамбетов сөзге шығып, филиал кеңеси ағзаларының жаңа қурамын ҳәмде филиал кеңесиниң 2020-2021-оқыў жылы ушын календарлық ис-режесин тастыйықлаў ҳаққында  айтып өтти. Соӊ оқытыўшыларды таңлаўдан өткериў ислери бойынша (“Еркин Қарақалпақстан” газетасының 2020-жыл  24-сентябрь күнги 108-санында жәрияланған дағаза тийкарында) Талабан оқытыўшылардыӊ атлары даўысқа қойылып, илимий кеӊес ағзалары тәрепинен додаланып, жасырын даўыс бериў арқалы таӊлаўдан өткерилди. Мәжилисте филиалдыӊ 2019-2020-оқыў жылындағы финанс-экономика жумысларының барысы ҳәм 2020-2021-жылғы жобалар ҳаққында, бас есапшы  З.Хожамбергеновтыӊ баянаты тыӊланды. Жәнеде, филиалдыӊ  билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими  ҳәм  “Арал” спорт клубы баслығы М.Рамазанов сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Жоқары оқыў орынларында аралықтан билим бериўди енгизиў ҳаққындағы 233-санлы буйрығының орынланыўы ҳәмде сыртқы, арнаўлы сыртқы тәлимниң барысы ҳаққында ҳәм Өзбекстан талабалар спорты ассоциациясы Атқарыў комитетиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги 01-14/24-санлы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққындағы баянаты оқып еситтирилди.

 

 

 Мәжилисте филиал кәсиплик аўқамы баслығы Б.Жиемуратов сөзге шығып ол өз сөзинде кәсиплик аўқамы комитетиниң пандемия шараятында филиал хызметкерлери ҳәм студентлериниң социаллык, экономикалық мәселелерин шешиў ҳаққында айтып өтти.

Мәжилис соӊында, филиал директор Б.Мамбетов ҳәзирги пандемия шараятында карантин қағыйдаларына бойсыныў, ишки тәртип қағыйдалары, әтираптыӊ тазалығы ҳәм басқада мәселелер бойынша жыйналыс қатнасыўшылары менен бирге додалап, кемшиликлерди сапластырыў кереклигин айтып өтти.