Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Сизди 50 жасыңыз бенен қызғын қутлықлаймыз!

Ҳүрметли Байрам Жақсымуратович!

Сизди 50 жасыңыз бенен қызғын қутлықлаймыз!

Халықты халық, миллетти миллет сыпатында танытыўда оның спорты менен дене тәрбиясының әҳмийети жоқары. Сиз келешек әўладқа дене тәрбиясы ҳәм спортты үгит-нәсиятлаўда, жаслардың ҳәр тәреплеме жетик шахс болып кәмалға келиўинде, оларға тәлим-тәрбия бериўде жанкүйерлик етип келмектесиз.

Соның менен бирге дерлик 30 жылға шамалас ўақыт аралығында жоқары билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип, республикамызда жоқары билимлендириў, дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўын раўажландырыўға өзиңиздиң салмақлы үлесиңизди қосып киятырсыз.

Сиз қай жерде, қандай лаўазымда ислесеңиз де, дене тәрбиясы ҳәм спортқа, илим ҳәм билимлендириўге жаныңыз ашып, бар инта-жигериңизди жумсап, өзиңиздиң искерлигиңизди, шөлкемлестириўшилик уқыплылығыңызды көрсете алдыңыз.

Кишипейил инсан, садық дос, жақсы кәсиплес, тәжирийбели басшы, соның менен бирге үлгили шаңарақ ийеси, ул-қызларды камалға келтирип атырған ҳүрметли әкесиз.

Қәдирли Байрам Жақсымуратович!

Сизди ярым әсирлик торқалы тойыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, өзиңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық тилеп, халқымыздың ул-қызларын тәрбиялаў, республикамыз дене тәрбиясы ҳәм спортын раўажландырыў жолындағы машақатлы, бирақ мақтанышлы ислериңизде талмас күш-жигер ҳәм ғайрат тилеймиз.

Ҳүрмет пенен,

ӨЗБЕКСТАН МӘМЛЕКЕТЛИК ДЕНЕ ТӘРБИЯСЫ ҲӘМ

СПОРТ УНИВЕРСИТЕТИ НӨКИС ФИЛИАЛЫ ЖӘМӘӘТИ