Филиалда мәжилис болып өтти
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия спорт университети Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2020-жыл 29- октябрьдеги 5/2974-санлы хатындағы тапсырмаларды орынлаў мақсетинде мәжилис өткерилди. Бул мәжилиске филиал профессор-оқытыўшылары, бөлим баслықлары, қәнигелер ҳәм талабалар қатнасты.

Мәжилисте филиал факультет деканы Р.Шаниязов сөзге шығып, мәжилис қатнасыушыларына газета-журналларға жазылыўды усыныс етти. Республикамызда басылып шығарылатуғын «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана», «Қорақалпоғистон тонги», «Қарақалпақстан жаслары» ҳәм «Қарақалпастан спорты» газеталарында өзлериниӊ мақалаларын кеӊнен жарытып барыўда белсендилик көрсетиў кереклигин айтып өтти.

Жәнеде филиал Мәлимлеме ресурс орайы басшысы К.Төрешова сөзге шығып, газета-журналларға жазылыўдыӊ пайдасы, олардан көплеген сиясий жаӊалықларды билип барыў ҳәм оны оқығанда руўхый мәдениятымызға көплеген пайдалы қәсийетлерин айтып өтти.

Мәжилис соӊында, филиал «Арал» спорт клубы баслығы М.Рамазанов сөзге шығып, мәжилис қатнасыўшыларына клубқа ҳәм Өзбекстан талаба спорт ассосациясына ағза болыўға шақырды. Бунда ағзалыққа қалай қабыллыныў кереклиги ҳәм дизимнен өтиў ҳаққында кеӊнен түсиндирип өтти.

Мәжилис қатнасыўшылары шығып сөйлеўшилерге өзлерин қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўаплар алды.