Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

“Коррупцияға қарсы гүресиў – бәршемиздиң ўазыйпамыз” атамасында үгит-нәсият кешеси өткерилди

         Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында “Коррупцияға қарсы гүресиў – бәршемиздиң ўазыйпамыз” атамасында үгит-нәсият кешеси болып өтти. Кешеге, мийман юридика илимлери кандидаты, доцент Мақсет Утепбергенов, филиал профессор-оқытыўшылары, хызметкерлер ҳәм  студент-жаслар қатнасты. Кешени филиал Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Шразов алып барды.

Кешеде филиал директорының орынбасары Б.Утемуратов сөзге шығып, Ҳәммемизге белгили мәмлекетимизде соңғы жылларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли шөлкемлестириў-ҳуқықый реформалар әмелге асырылды. Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсибетти қәлиплестириўге бағдарланған системалы илажлар бойынша айтып өтти. Сондай-ақ коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша  кеңнен түсиник бериў ушын юридика илимлери кандидаты, доцент Мақсет Утепбергенов сөзге шығып, Реформаларды әмелге асырыў шеңберинде пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплери қорғалыўы, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары хызмети әшкаралығы, жәмәәт ҳәм парламент қадағалаўын тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди, сондай-ақ, ҳуқықты қорғаў ҳәм суд органлары хызметиниң ҳуқықый тийкарлары реформа қылынды.

Елимизде коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша 2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў ис илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманын атап өтсек болады. Жәнеде филиал Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Шразов сөзге шығып, усы Пәрман менен 2019-жылдың 1-августинен баслап эксперимент сыпатында, жәмийетшилик ҳәм жетекши экспертлерди, соның менен бирге шет елли экспертлерди қамтыған ҳалда дәслепки басқышта капитал қурылыс ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында “Коррупциясыз тараў” жойбарын әмелге асырыўды шөлкемлестириў белгилеп берилгенлиги, жойбар тийкарында Филиалымыз тәрепинен де бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Атап айтқанда студент-жаслар арасында үгит-нәсият илажлары, шығармалар, басқа да дөретиўшилик жумыслар таңлаўлары өткерилип, аноним анкеталар алынғанлығын айтып өтти. Кеше соӊында студент жаслар тәрепинен өзлери қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.