8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн
Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни байрамы алдынан Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни байрам мүнәсибети менен ушырасыў кешеси өткерилди. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Ш.Өтемисов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратура бөлими баслығы Ж.Бахытов, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судыныӊ судиясы Г.Ешназарова ҳәм филиал хызметкерлер, профессор-оқытыўшылар және де студент жаслар қатнасты.
Кешени филиал Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Шразов алып барды ҳәм кеше қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни байрамы менен қутлықлады ҳәм ушырасыўға келген мийманларды таныстырып өтти.
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты Ш.Өтемисов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратура бөлими баслығы Ж.Бахытов, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судыныӊ судиясы Г.Ешназаровалар өзлериниӊ баянатларын оқып еситтирди.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 1992-жылы 8-декабрьде қабылланған болып, усы жылы Конституциямыздыӊ 28 жыллығы елимизде кеӊ түрде белгиленбекте. Конституциямыз 6 бөлим, 26 бап, 128 статьядан ибарат болып, оныӊ ҳәр бир статьясы миллионлап пуқаралардыӊ тәғдирине тутас- халқымыз ушын турмыс абаданлығы, раўажланыў ҳәм әдалаттыӊ бас нызамы болып табылады. Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳуқықый демократик мәмлекет ҳәм жаӊа жәмийет қурыўда әҳмийетли орын ийелейди. Конституция- мәмлекет раўажланыўы, тынышлығы, қәўипсизлигин тәмийинлеўдиӊ кепили ҳәм улыўма инсаный қәдириятларды өзинде жәмлеген миллий үрп-әдетлеримиз, ана тилимиз, халқымыздыӊ бийбаҳа байлықларын, мәдений мийрасыныӊ ҳуқықый тийкары болып есапланады. Усы жоқарыда айтып өтилген мағлыўматларды, Конституциямыздыӊ мазмунын ҳәм жәмийеттеги тутқан орны ҳаққында, талаба жасларға кеӊнен түсиник бериў мақсетинде усы ушырасыў филиал тәрепинен шөлкемлестирилди.
Ушырасыў даўамында студент-жаслар тараў қәнигелерине өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.






