Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең ана тилим!
«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилгениниӊ отыз бир жыллығы мүнәсибети менен ϴзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында илаж өткерилди. Илажда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты оқытыўшысы, филология илимлери кандидаты, доцент Саодат Шынназарова, филиал профессор-оқытыўшылары, хызметкерлер ҳәм талаба жаслар қатнасты.

Илажды, филиалдыдыӊ Оқыў ислери бойынша директор орынбасары Б.Утемуратов ашып берди ҳәм «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилгениниӊ отыз бир жыллығын кеӊ түрде белгилеў мақсетинде «Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең ана тилим!» уранында Республикамыз бойлап кең түрде мәдений-руўхый, үгит-нәсият жумыслары алып барылып атырғанлығын айтып, бул илажларда бәршени белсенди қатнасыўға шақырды.

Сөзге Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты оқытыўшысы, филология илимлери кандидаты, доцент Саодат Шынназарова шығып, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилиўи менен өткен жыллар даўамында ана тилимиз беккем ҳуқықый тийкарға ҳәм жоқары статусқа ийе болғанлығы, ҳәзирги күнде қарақалпақ тили турмысымыздың барлық салаларында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем-өнер тараўларында кеңнен қолланылып атырғанлығын атап өтти.

Буннан соң сөзге Филиал оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (phd) Гульназ Мамбетова шығып, бүгинги раўажланыўымыздың жаңа басқышы – миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, ана тилимиздиң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў өрисин кеңейтиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Илаж даўамында студент-жаслар тараў қәнигелерине өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.

Буннан соң филиал студентлери арасында өткерилген “Ана тилим – мақтанышым” атамасындағы дөретиўшилик жумыслар таңлаўының номинациялар бойынша жеңимпазлары диплом ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.