Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Музейге саяхат

Президентимиздиң 5 басламасы бойынша, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы талаба жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, филиал Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими тәрепинен реже исленип шығылды. Сол режеге тийкар 1-курс оқыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейине саяхат шөлкемлестирилди.

Бунда музей хызметкери тәрепинен, Қарақалпақ халқының тарийхый ҳәм мәдений байлықлары ҳаққында кеңнен түсиндирип өтти. Талабалар өзлериниң қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды