Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Қарақалпақстан чемпионаты Волейбол

18-19 декабрь күнлери  Нөкис мәмлекетлик педагогикалық иниституты спорт залында,  Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен  Өзбекстан Республикасы  Конституциясы қабыл қылынған күни мүнәсибети менен спорттыӊ Волейбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди. Оған Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университет Нөкис филиалы командасы  ҳәм республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан он команда қатнасты.

Жарысты өткериўдеги мақсет, жаслардыӊ  волейболға қызығыўшылығын арттырыў,  өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеўден ибарат. Еки күн даўам еткен жарыс жуўмағында филиалымыз командасы қарсылас командалар менен беллесип сыйлы екинши орынды ийеледи. Жәнеде усы командада мийнет еткен студентимиз  Х.Узақбергенов   «Ең жақсы топ узатыўшы» номинациясына ылайық деп табылды. Жеӊимпаз болған командаларға ҳәм студентимизге  Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен сыйлы саўғалар берилди. Филиалымыз админстрациясы тәрепинен усы  командамыздыӊ ҳәм сыйлы номинацияны қолға кириткен студентимиз Х.Узақбергеновтың  жеӊиси менен қутлықлап, бул команданы таярлаған филиалымыз оқытыўшы ассистенти   Т.Наўбетуллаевқа ҳәм командада мийнет еткен студент жасларымызға  өз миннетдаршылығымызды билдирип  ҳәм алдағы ўақытларда буннанда жоқары нәтийжелер менен филиалымыз абырайын еле де көтереди деп исеним билдиремиз.

 ӨзЖТСУНФ баспа сөз хаткери: С.Аметова