Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

⚡️Баскетбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада» спорт жарысының финал басқышында гүмис медаль менен сыйлықланды

 

Усы жылдың 6-9-январь күнлери Хорезм ўәлатында ер балалар арасында өткерилген «Универсиада» спорт жарысларының Республикалық финаль басқышы жуўмақланды.

Жарыс нәтийжелерине көре, Қарақалпақстан Республикасы командасы сыйлы 2-орынға ылайық деп табылды.

Айрықша атап өтиў орынлы, қарақалпақстанлы 5 спортшы орын алмасыўсыз баскетбол бойынша өз шеберликлерин көрсетип, гүмис медалға ийе болды.

– Ўәлаятлардан келген команда ағзалары ойында 9 қатнасыўшы болып, ойын ўақтында тез-тезден алмасып турды. Ал, биз 5 қатнасыўшы орын алмасыўсыз пүткил турнирде беллестик. Сонда да, шыдамлылық пенен гүрескен жигитлеримиз бенен биргеликте жаман нәтийжеге ериспедик. Гуўасы болғаныңыздай (күлип), – дейди команда сәрдары Алланазар Жуманиязов.

Сондай-ақ, команда сәрдары Алланазар бул жарыста «Турнирдиң ең белсенди ойыншысы» деп табылып, номинация менен сыйлықланды.