ЖАРҚЫРАЙДЫ АЛТЫН МЕДАЛЬ МОЙНЫНДА
Пайтахтымызда спорттың бокс түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти. Жарысқа республикамыздың қала ҳәм районларынан усы спорт түри менен турақлы түрде шуғылланып киятырған бир қанша спортшы қызлар өз имканиятларын сынақтан өткерди.

Күшли қарама-қарсылықларға ҳәм қызғын беллесиўлерге бай болған бул жарысқа филиалдың «Спорт түрлери» факультети Спорт психологиясы тәлим бағдары студенти, үмитли спортшымыз Моҳишеҳра Хожиева табыслы қатнасты. Ол 18 жас ҳәм оннан жоқары жастағы шерим қолғап ийелери арасында өз салмақ категориясы (51 кг) бойынша бәрше қарсыласларынан басым келип, жеңимпазлықты ийеледи ҳәм алтын медальды қолға киргизди.

Әлбетте, нәтийже өз-өзинен болмайды, тынымсыз шынығыўлар, өз үстинде шуғылланыўлар арқасында болады. Спортшымызға келеси жарысларда табыслар тилеп, соққысы ҳәмийше чемпионлыкка жетелей берсин деймиз.

Спортшыны жарысқа тәжирийбели тренер, филиал оқытыўшысы П.Адилшаев таярлады.
Қ.Кеңесбаев,
спорт журналисти