Жас китапханлар анықланды
Жаслардың өзлигин аңлаў, миллий ҳәм инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, жаслардың арасында китапханлық мәдениятин еледе кең ен жайдырыў мақсетинде жаслар ислери агентлиги Нөкис қалалық бөлими ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте <<Жас китапхан>> таңлаўы қалалық басқышы болып өтти.
Таңлаўда 10-14 жас категориясы бойынша И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп интернаты оқыўшысы Әлимжанова.А 15-19 жас аралығындағы қатнасыўшылар ишинде Юридикалық колледжи студенти Гүлмирзаева.Г 20-30 жас аралығындағы қатнасыўшылар ишинде Дене-тәрбияасы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы қәнигеси Сабиров.Б жеңимпазлықты қолға киргизди ҳәм кейинги басқышқа жоллама алды.

Репортёр: Гүлшира Атамуратова