Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

УСТАЗ  СПОРТШЫНЫҢ  МӘРТЕБЕСИ

Өзбекстан мәмлекетлик Дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денетәрбиясы ҳәм спорт хызметкери», «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери», волейбол бойынша халықаралық категорияға ийе төреши, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт клубы баслығының орынбасары, доцент Юрий Иванович Кулаковтың 85 жыллық юбилейине бағышланған байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажды филиал директоры Б.Мамбетов басқарып барды.

Онда юбиляр, устаз спортшы Ю.Кулаков өмирлик тәжирийбелерин, мол турмыслық тәжирийбелерин филиал студент-жасларына кең түрде айтып берди. Сондай-ақ, филиалдың бир қатар профессор-оқытыўшылары сөзге шығып, Ю.Кулаковтың өмири ҳәм мийнет жолы, спорт тараўын раўажландырыўдағы пидайы мийнетлери  туўралы кең түрде сөз етти.

Ю.Кулаков 1936-жылы 25-февральда Түркменстанның Қызыл-Арват қаласында туўылды. 1955-жылы Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтының денетәрбиясы факультетине қабылланып, оны табыслы тамамлағаннан соң 1959-жылы өз қәлеўи менен Нөкис қаласына келип Қарақалпақ мәмлекетлик педегогикалық институтына жумысқа киреди. Ол спортшы сыпатында республикалық сайланды командаларда Қарақалпақстан ушын спорттың футбол, баскетбол түрлери бойынша ойынларда қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип келди. 1964-жылы Нөкистиң «Буревестник» командасы қурамында Өзбекстан бойынша баскетбол спорт түринен барлық жоқарғы оқыў орынлары арасында чемпионлықты қолға киргизди.

Ю.Кулаков өзиниң мийнет жолын тренерлик тараўы менен де тығыз байланыстырады. 1959-жылдан 1966-жылға шекем денетәрбиясы факультетинде аға оқытыўшы болып жумыс ислейди. Ю.Кулаков көплеген лаўазымларда иследи. Атап айтқанда, 15 жыл даўамында факультет деканы, 15 жыл даўамында кафедра баслығы, үш жыл ҚМУдың бирлескен кәсиплик аўқамының жетекшиси болды. Соң партия комитети хаткери, руўхый ҳәм тәрбиялық ислери бойынша проректор лаўазымларында иследи…

Ол Қарақалақстан Республикасы Волейбол федерациясын 50 жыл, Қарақалпақстан футбол ветеранлары Аўқамын 6 жылдан аслам ўақыт даўамында басқарып, ярым әсирлик өмирин жәмийетлик жумысларға бағышлады.

Жоқарыдағы мийнетлери есапқа алынып, Ю.Кулаковқа 1969–жылы «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият ғайраткери» 1976-жылы «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денетәрбиясы ҳәм спорт хызметкери» атағы берилди.

Ю.Кулаков бүгинги күнге шекем университеттиң Спорт клубы баслығының орынбасары лаўазымында жумыс ислеп, жасларға өзиниң баҳалы тәжирийбелерин бөлисип, үйретип келмекте.

Илаж соңында устаз спортшы Ю.Кулаковқа филиал жәмәәти тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

И.Джақсымуратов,

Филиал Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси.

Сүўретлерде: кешеден көринислер.