Logo
Ózbekstan Respublikası
Dene tárbiya hám sport
universiteti Nókis filialı

«Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының жигирма сегиз жыллығы» байрамы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси өткерилди

Ушырасыўды ϴзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Шразов ашып берди. Соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Ол өз сөзинде барлық қатнасыўшыларды Конституциямыздың 28 жыллық байрамы менен қутлықлады.

            Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты Шарап Өтемисов сөзге шығып, 1993-жылы 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасыныӊ тийкарғы нызамы Конституция қабыл етилгенлиги, бул байрамды халқымыз елимизде әдилликти, нызам үстемлигин, еркин демократиялык пукаралык жәмийет, ҳуқықый мәмлекет курыў жолында исенимли қәдем таслаған күн сыпатында ҳәр жылы салтанатлы түрде белгиленип киятырғанлығын атап өтти. Конституцияда экономикалык ҳәм жеке ҳуқықлар, яғный меншик ийеси болыў, мийнет етиў, еркин кәсип танлаў, бийпул емлениў, билим алыў ҳуқықлары көрсетилген. Усы конституциялық нормалардың орынланыўы Республикамызда ҳәрекеттеги басқа нызамлар, нормативлик ҳүжжетлер, пәрманлар арқалы тәмийинленип атырғанлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратура бөлим баслығы Муратбай Нуратдинов сөзге шығып, барлық қатнасыўшыларды байрам сәнеси менен қутлықлады. Бас нызамымыз – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўи әҳмийетли сиясий, ҳуқықый ҳүжжет сыпатында дүньяға келгениниң өзине тән гуўалығы болды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясыныӊ идея ҳәм нормаларында халқымыздың көп әсирлик тәжирийбе ҳәм руўхый  қәдириятлары, бай тарийхий ҳуқықый мийрасы сәўлеленгени, оның ҳақыйқыйлығының кепили болып есапланады деп айтып өтти. Сондай-ақ, Конституциямызға киргизилген дүзетиўлер бойынша кеӊ түрде мағлыўматлар берип өтти.

          Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды судьясы Гулистан Ешназарова Конституциямыздыӊ 28 жыллык байрамы менен қутлықлады ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген сәне суверенли республикамыздың раўажланыўында ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў жолында айрықша әҳмийетке ийе байрам сыпатында турмысымызда үлкен орын ийе екенлигин атап өтти. Бул тарийхый ҳүжжет жаңа ғарезсиз жәмийеттиң исенимли ҳуқықый кепилликлерин қәлиплестирди ҳәм беккемледи.

         Ушырасыў соңында студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларын берди ҳәм тийисли қәнигелер тәрепинен жуўаплар алды