Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

«САЛАМАТ АНА – УЛЛЫ КЕЛЕШЕК»

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жылы 12-ноябрьдеги  «Медициналық профилактика ислериниӊ сыпатын жәнеде асырыў арқалы жәмийет саламатлығын тәмийинлеуге қараслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы  ПҚ-4891 қарары бойынша ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенесиниӊ 2021-жылы 18-январьдағы КҚ-177-IV-санлы Қарарыныӊ орынланыўын тәмийнлеў бойынша Өзбекстан мәмлекетлик дене тарбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында студент-қызлар арасында саламат турмыс ҳәм санитариялық-гигиена қағыйдаларын сақлаў конликпелерин қәлиплестириў мақсетинде «Саламат ана – уллы келешек» темасында саўбетлесиў болып отти.

Усы саўбетлесиўде ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшысы Б. Алламбергенова, Қарақалпақстан Республикасы АИЖСКе қарсы гүресиў Орайыныӊ врач-методисти Джанибекова А., гинеколог Утениязова О., филиал фельдшери Бегалиева Г. ҳәм студент-қызлар қатнасты.

Саўбетлесиўде қанигелер тәрепинен репродуктив саламатлық, ерте турмыс қурыўдыӊ алдын алыў, санитариялық-гигиена қағыйдалары, адамлар арасында ушырасатуғын респиратор ҳәм ҳәр қыйлы инфекциялык кеселликлери ҳәм кейинги ўақытлары дүнья жүзинде кеӊ тарқалған КОВИД-19 вирус кеселлигинен сақланыўы ҳаққында кеӊ түсиниклер ҳәм мәсләҳәтлер берилди.  Саўбетлесиў сонында шыпакерлер тәрепинен қатнасыўшыларға методикалық буклетлер хәм китапшалар тарқатылды.

Алламбергенова Б. –

ӨзМДТСУ Нөкис филиалы

Ҳаял-қызлар мәселелери

бойынша Кеӊеси баслығы.