Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Студент жасларымыз Хожели районы Миздакхан тарийхый комплексине шекемги болған аралықты басып өтип

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент жаслары басламасы тийкарында мүбәрек Рамазан айыныӊ басланыўы мүнәсибети менен жаслар арасында саламат турмыс қәлпин үгит-нәсиятлаў, ишки ҳәм зыярат туризмин раўажландырыў пайтахтымыз, сондай-ақ, Хожели районында жүз берип атырған жаӊаланыўлар, алып барылып атырған қурылыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде пияда жүриў илажы шөлкемлестирилди.

Студент жаслар Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы имаратынан Хожели районы Миздакхан тарийхый комплексине шекемги болған аралықты басып өтип, бул жердеги Назлымхан сулыў, Шамун Наби, Ережеп Халфа, Кәрўан сарай, Гәўир қала сыяқлы тарийхый объектлер менен жақыннан танысып өтти.