Миллий кийим – мәнаўият айнасы
Өзбекстан Мәмлекетлик Дене Тәрбиясы ҳәм Спорт Университети Нөкис филиалында «Миллий кийим – мәнаўият айнасы» атамасында сәўбетлесиў кешеси өткерилди. Сәўбетлесиўди филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша масләҳат кеӊеси баслығы Б.Алламбергенова алып барды. Ол өз сөзинде, миллий кийим – бул мәнаўият айнасы, инсанның, миллеттиң көрки екенлигин атап өтти. Миллий кийимлеримизде ҳалқымыздың мың әсирлик өтмиши, ески үрп-әдетлеримиз ҳәм салт дәстүрлеримиз, эстетикалық көз қарасларымыз, өзине тән өзгешеликлер орын алған. Миллий кийимлеримизде еркеклеримизге тән мақтаныш, ар-намыс, ҳаял-қызларымыздағы ийбелиликти көрсек болады. Ҳәммемизге мәлим милий кийим халык тарийхы менен тығыз байланыста. Оларда ҳәр бир халықтың тарийхын сәўлелендиретуғын дәстүрлер, социаллық қатнасықлар, руўхый, диний ҳәм эстетикалық формалар сәўлеленген. Миллий кийимлеримизди тийкарынан атлас, адрас, бекасам, мақпал, парша, таўарларынан тигилген көйлеклеримиздеги нағыслар өзине тән өзгешеликлери менен ҳәр бир адамды өзине тартады ҳәм мақтанышқа бөлейди. Өтмиште келиншеклердиң сепинен өзлериниң тиккен, миллий нағыстағы кийимлери орын алған. Усы миллийлигимизди сақлап қалыў ушын, әўладтан-әўладқа жеткериў ушын жаслар арасында заманагөй билим бериў менен биргеликте оларға улыўма инсаныйлық пазийлетлер, миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, оларда руўхый иммунитетти қәлиплестириў ушын көплеген илажлар өткерилмекте.


Соның менен бирге бүгинги күнде билим бериў дәргайларында кийиниў мәдениятына үлкен итибар қаратылып атырғанлығын айтып өтти.

Сәўбетлесиу барысында филиал оқытыўшылары ҳәм студент қызлар бирге миллий кийимлер тарийхы, келип шығыўы ҳаққында ҳәм оныӊ элементлерин заманагөй киймлерде қолланылыўы, оқыў орынларында кийиниў мәденияты бойынша өз-ара пикир алмасты. Сәўбетлесиў соӊында студент қызлар тәрепинен таярланған миллий нағыста ойып тигилген заманагөй кийимлер көргизбесин көрсетти.

Сәўбетлесиў кешеси жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.

ОзМДТСУ Нөкис филиалы
Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша
масләҳат кеӊеси баслығы Б.Алламбергенова