ӨзМДТСУ Нөкис филиалы волонтёр жаслары басламасы менен “Мехирли қоллар” акциясы шөлкемлестирилди
ӨзМДТСУ Нөкис филиалы волонтёр жаслары басламасы менен “Мехирли қоллар” акциясы шөлкемлестирилип, “Туран” МПЖ аймағында жасаушы майыплығы болған пуқара Қ.Мамбеткаримованың үй əтирапында абаданластырыу жумыслары алып барылды. Акцияда филиал оқытыушысы К.Кенжебаев басшылық еткен топар студент жаслары белсенди қатнасты.
