Спорттың волейбол түри бойынша мəхəлле жаслары ушын мастер класс шөлкемлестирилди
“Бир зыялы – бир мəхəллеге қəуендер” жойбары тийкарында ӨзМДТСУ Нөкис филиалына бириктирилген “Кетенлер”, “Сарманбайкөл” АПЖларында филиал профессор-оқытыушылары А.Елмуратова, Б.Алламбергенова, Б.Табынбаев хəмде филиал студентлери қатнасыуында спорттың волейбол түри бойынша мəхəлле жаслары ушын мастер класс шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, илажларда Жаслар агентлиги Шоманай районы бөлими баслығы М.Нарбаев хəм филиал оқытыушылары тəрепинен жасларға мəмлекетимиз тəрепинен жаратылып атырған имканиятлар, жаслар сиясатындағы реформалар, сондай-ақ, ӨзМДТСУ Нөкис филиалындағы бағдарлар бойынша кеңнен түсиник, мағлыуматлар берилди.
