Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Mиллий ойын түрлери бойынша жарыс болып өтти

Жаслар арасында халқымыздыӊ миллий ойынларын үгит-нәсиятлаў, кең ен жайдырыу мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент жаслары арасында миллий ойын түрлери бойынша жарыс болып өтти.


Жарыс алдынан халқымыздыӊ миллий ойынлары, олардыӊ әҳмийети, мақсети түсиндирилди. Қоразлар урысы, тас көтериў, тоғыз қақпақ, арқан тартысыў, ләӊги тебиў, қашарман топ, қазан сыяқлы ойынлар жарыстыӊ қызғын түрде өтиўине себеп болды.


Жарыс жуўмағында миллий халық ойынларын студент жаслар арасында еледе ен жайдырыў бойынша пикирлер алысылып, жаслар тәрбиясындағы әҳмийетин ҳәм мақсетин тереӊ үгит-нәсиятлаў бойынша келисип алынды. Миллий ойын жеӊимпазлары ҳәм белсенди қатнасыўшылары естелик саўғалары, ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.