Интернетте миллий идея үгит-нәсияты
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында студент-жаслар қатнасыўында «Интернетте миллий идея үгит-нәсияты» атамасында үгит-нәсият ҳәм сәўбетлесиў кешеси өткерилди. Илажда Филиалдыӊ жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Шразов, Филиал жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси И.Джақсымуратов, Спорт түрлери факультети деканыныӊ жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Қ.Кенжебаев, Филиал информация-коммуникация технологиялары орайы баслығы Н.Тажибаевлар өз пикирлери менен қатнасты.
