Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

ЕКИ ҚЫЗЫМЫЗ ӨЗБЕКСТАН СПОРТ УСТАСЫ БОЛДЫ

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Спорт искерлиги ескек есиў топарыныӊ  студентлери, Академиялық ескек есиў бойынша Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзалары Тажибаева Кызжибек ҳәм Отарбаева Гулнурлар 2020-жылы спорттыӊ Академиялық ескек есиў түри бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатларында ерискен жетискенликлери ушын Өзбекстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен спорттыӊ Академиялық ескек есиў спорты бойынша Өзбекстан спорт устасы дәрежелерине еристи.

Усы мүнәсибет пенен спортшы қызларды филиал директоры Б.Мамбетов, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслары қутлықлады.

Спортшы қызларымызға бүгинги күнде «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен тренер» Мамбетназаров Муратбай ҳәм «Халықаралық спорт устасы» Мамбетназаров Исламбеклер тренерлик етип келмекте.