ӨЗБЕКСТАНДА ПАРАЛИМПИЯ ҲӘРЕКЕТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЛАДЫ
Өзбекстан миллий паралимпия ассоциациясы негизинде Миллий паралимпия комитети шөлкемлестириледи.
“Паралимпия ҳәрекетлерин раўажландырыўға қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарар менен Өзбекстан миллий паралимпия ассоцациясы негизинде Өзбекстан Миллий паралимпия комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи.
Қарар менен төмендегилер шөлкемлестириледи:
– 2021-жыл жуўмағына шекем паралимпия комитети қасында паралимпия спорт түрлери бойынша клублар;
– паралимпия спорт түрлери менен шуғылланатуғын тренерлер, методистлер, көзи әззилер, герең ҳәм шала еситиўшилер, ампутанторлар менен шуғылланыўшы қәнигелер (сурдо, тифло-сурдо ҳәм халықара-сурдо аўдармашылары) ҳәм басқа кадрларды таярлаў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Паралимпия факультети;
– Паралимпия комитети жанында юридик шахс дәрежесине ийе болған Паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелерди таярлаў институты.
Өзбекстанлы параатлетикашылар Дубайда 24 медалды қолға киритген еди
2021/2022-оқыў жылынан Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети, оның Нөкис ҳәм Ферғана филиаллары ҳәм басқа тийисли жоқары оқыў орынларында “Паралимпия” кафедрасы, сондай-ақ, “Адаптив саламатластырыў, дене тарбия ҳәм спорт ” магистратура қәнигелиги ашылады.
2022-жыл 1-январдан:
Паралимпия комитети усынысына тийкарланып олимпия резервлери колледжлериниң паралимпия спорт түрлери бөлимлерине жиберилип атырған физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған спортшылар ушын 5 пайызға шекем қосымша квоталар ажыратылады;
мәмлекетлик спорт билимлендириў комплекслеринде паралимпия спорт түрлери бойынша тренерлердиң лаўазымына қарап ис-ҳақылары базалық тәрип ставкалары бир ярым есеси муғдарында есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында Паралимпия қомитети жанында Паралимпия спорт орайлары шөлкемлестириледи.
Еслетип өтемиз, Президент Шавкат Мирзиёев жазғы Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық барысына байланыслы көргизбеси менен танысып, таярлық барысын сынға алып, оны қанатланарсыз деп баҳалаған еди.