ФИЛИАЛДЫҢ ИШКИ ИМКАНИЯТЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-апрель күнги «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6199-санлы Пәрманына муўапық 2021-жыл 6-апрель күни «Туризм ҳәм спорт министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.

Усы карар тийкарында Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилген еди. Министрликтиң Билимлендириў ҳәм илим-пәнди раўажландырыў ҳәм изертлеў департаменти баслығы Алишер Эштаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Туризмди раўажландырыў аймақлық басқармасы баслығы Б.Косекеев пенен биргеликте Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының оқыў барысы ҳәм ишки имканиятлары менен жақыннан танысыў мақсетинде филиалымызда болды.

