“ҒАЛАБАЛЫҚ МӘДЕНИЯТ” АТАМАСЫНДА ҮГИТ-НӘСИЯТ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеси баслығының басламасы менен филиалда билим алып атырған қызлар арасында тийисли тараў қәнигелериниң қатнасында «Ғалабалық мәденият» атамасында үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Болып өткен илажға келген тийисли тараў қәнигелери, яғный, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Дин ислери бойынша бас қәнигеси Х.Незаматов, Қарақалпақстан Мусылманлар қазияты ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Т.Досымбетова, Нөкис қалалық угит-нәсиятлаў топары баслығы З.Сатбаева ҳәм Нөкис қалалық ИИБ жас өспиримлер менен ислесиў бойынша лейтенант А.Таңирбергеновалар филиалда билим алып атырған студент қызларға ерте турмыс қурыўдың, туўысқанлар арасындағы некениң алдын алыў ҳәм оның келешек әўлатларымызда гүзетилетуғын кери тәсирлери ҳаққында, сондай-ақ, ислам динин нықаб етип алып өзлериниң ғәрез нийетлерин әмелге асырыўға ҳәрекет етип атырған ҳәр түрли диний ағымлардан жасларымызды аўлақ болыўға шақырды.