Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

“ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН ЖАСЛАРЫ, БИРЛЕСЕЙИК!” УРАНЫ АСТЫНДА ЖАСЛАР ФЕСТИВАЛЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

Жасларды физикалық жақтан  саламат,  руўхый жетик инсанлар етип тәрбиялаў, илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўға  көмеклесиў, ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаў. Сондай-ақ, мәмлекетте әмелге асырылып атырылған демократиялық,  социал-экономикалық реформаларға белсене қатнасаыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 20-май күнги “Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен “Жаңа Өзбекстан жаслары,  бирлесейик!” ураны астында жаслар айлығын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында”ғы 87-жыйналыс баянламасы тийкарында усы жылдың 7-10-июнь күнлери Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында “Жаңа Өзбекстан жаслары,  бирлесейик!” ураны астында жаслар фестивалы өткерилмекте.

8-июнь күни фестиваль шеңберинде пайтахтымыз Нөкис қаласында өткерилип атырған илажларға да Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы мийнет жәмәәти ҳәм студент жасларыда тараўда ерискен жетискенликлери менен көргизбелер шөлкемлестирип белсене қатнаспақта. Яғный, спорттың жуўырыў марафоны, футбол ҳәм волейбол түрлеринен өткерилип атырған жарысларда филиалдың ер ҳәм қыз балалары арасынан дүзилген филиал командалары белсене қатнасып келмекте.

“Жаңа Өзбекстан жаслары,  бирлесейик!” ураны астында жаслар фестивалы илажлары орынларда даўам етпекте…

Филиал Баспасөз хызмети