Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

ФИЛИАЛДЫҢ ВОЛЕЙБОЛШЫ ЕР-БАЛАЛАР КОМАНДАСЫ БИРИНШИ ОРЫН ЖЕҢИМПАЗЫ

Усы жылдың 7-10-июнь күнлери Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында “Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!” ураны астында жаслар фестивалы шеңберинде орынларда болып өтип атырған ҳәр түрли илажларда республикамыз жаслары қатарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы жасларыда белсене қатнаспақта.


Ер-балалар командалары арасында спорттың волейбол түри бойынша өткерилген жарыста филиалымыз студент жасларынан дүзилген филиалымыз сайланды командасы жарыс жуўмағында барлық қарсыласларынан үстин келип 1-орынды ийеледи.


Филиалымыз сайланды командасын ерискен жетискенлиги менен қызғын қутлықлаймыз. Команданы спорт жарысына профессор-оқытыўшылардан Т.Наўбетуллаев ҳәм Б.Табынбаевлар таярлады.
Алдын хабар еткенимиздей филиалымыздың волейболшы қыз балалар командасы үшинши орынды ийелеген еди. Кызлар сайланды командасын спорт жарысына профессор-оқытыўшылардан М.Юлдашева таярлады.


Филиал Баспасөз хызмети.