Абитуриентлер ушын спорт жөнелисиндеги ЖООларда қандай өзгерислер болады?
2021/2022-оқыў жылында:
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети, оның Нөкис, Ферғана филиаллары ҳәм басқа тийисли ЖООларда «Паралимпия» кафедрасы, сондай-ақ, «Адаптив саламатластырыў, ден тәрбия ҳәм спорт» магистратура қәнигелиги ашылады;
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетинде бокс ҳәм гүрес бойынша оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери еки есеге көбейтиледи;
«Спорт илажларының комментаторы», «Ири спорт илажларын шөлкемлестириў (промоутер)» ҳәм «Ғалаба спортты раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў» бойынша магистратура қәнигеликлерине қабыл етиў басланады;
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Ферғана филиалы өз жумысын баслайды.
Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызмети
Аўдарма: makan.uz