Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

БИЗ КOРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫМЫЗ

Өзбекстан Республикасы Кoррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Бас прокуратура тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәмлекет басшыларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги тынымсыз позициясы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў сиясатының аралық нәтийжелерин профессор-оқытыўшыларға ҳәм студент жасларға жеткериў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында онлайн Zoom платформасында ушырасыў өткерилди.

         Илаж Кoррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Бас прокуратураның жуўаплы қәнигелери, сондай-ақ, Кoррупцияға қарсы гүресиў агентлиги жанындағы жәмийетшилик кеңеси ағзалары тәрепинен алып барылды.

Илажға филиал директоры Б.Мамбетов, директор орынбасарлары, профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

 

Филиал Баспасөз хызмети.