Logo
Ózbekstan Respublikası
Dene tárbiya hám sport
universiteti Nókis filialı

САМАРҚАНДЛЫ ЖАС ШАБАНДОЗ ГЕРМАНИЯДА ӨТКЕРИЛГЕН ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ЖАРЫСТА ЖЕҢИМПАЗ БОЛДЫ

Жас өспиримлер арасында Германияның Ҳаген қаласында ат спортының конкур бағдары бойынша 9-10-июнь күнлери өткерилген Future Champions 2021-халықаралық жарысында самарқандлы заманласымыз Абдураҳмон Абдуллаев алтын ҳәм гүмис медалларын жеңип алыўға миясар болды.

Белгили Hof Kasselmann ат спорты комплексинде өткерилген жарысқа 22 мәмлекеттен 363 жас шабандозлар қатнасты. Жарыстың биринши күни заманласымыз «Дукато» лақаблы атында 140 см бийикликтеги тосықлардан өтиў дәстүринде ең жақсы нәтийжелерди көрсетип 1-орынды ийеледи.

 Усы спортшымыз екинши күни «Гофорит» лақаблы аты менен гүмис медалын жеңип алды.

Дерек: kun.uz