КОМАНДАЛАР ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ФУТБОЛ БОЙЫНША ХХVIII ЧЕМПИОНАТЫ УШЫН КҮШ СЫНАСТЫ
Қарақалпақстан Республикасында футбол спорты түрин ғалабалық түрде раўажландырыў, жасларды спортқа кеңнен тартыў,

балaлар ҳǝм жас ɵспиримлерди футболға таярлаў, тǝрбиялаў, халық саламатлығын беккемлеў, «Арал самалы» футбол клубы ушын исенимли резервти қǝлиплестириў, ең күшли командаларды анықлаў ҳǝм ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-май күнги «Аймақларда футбол ассоциациялары хызметин жǝне де қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионаты орынларда ɵткерилмекте.

Пайтахтымыз Нɵкис қаласында жайласқан «Туран» стадионында Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионаты ушын Əжинияз атындағы Нɵкис мǝмлекетлик педагогикалық институты ҳǝм ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбия ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы студентлериниң ер балаларынан дүзилген командалар ɵз-ара беллести. Ойын дǝслеп ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбия ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы ағзасы С.Мадримовтың қарсылас команда дарўазасына урған голы менен ашып берилди. Қызғын беллесиўлерге бай тǝризде болып ɵткен жарыс жуўмағында командалардың күшлери теңлесип ойын 3:3 есабында жуўмақланды.

ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбия ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасын ойынға тренер И.Абдуллаев таярлады.
Филиал Баспасɵз хызмети.