ТАРАЎДАҒЫ ЖӘНЕ БИР ЖАҢАЛЫҚ БОЛДЫ
Жәмийетимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, халықтың дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыў, қәбилетли спортшыларды сайлап алыў жумысларын системалы шөлкемлестириў, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып қалған оқжайдан атыў дәстүрлери ҳәм қәдириятларын келешек әўладларға жеткериў, миллий спорт түрлерин көбейтиў, оқжайдан атыў спорт түри бойынша миллий сайланды командамыздың Олимпиада ҳәм Паралимпиада, Азия ҳәм Паразия ойынларында, жәҳән чемпионатларында ҳәм басқа да ири жарысларда мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-июнь күни «Оқжайдан атыў спорт түрин буннан былайда раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи халқымыз ушын жүдә бир әҳмийетли ҳүжжет болды. Әзелден ата-бабаларымыз ат үстинде аң аўлап, жақын күнлерге шекем той, бәзим, мәресимлеринде саўға тигип алтын қабақ аттырғанлығы тарийхтан ҳәммемизге мәлим. Халқымыздың оқжайдан атыў салт-дәстүрлерин кейинги жыллары үлкен улыўма халыклық байрам тамашаларынды, театр сахналарында көретуғын едик. Бирақ, елеге шекем аўыллық жерлерде аўыл балаларының ҳәр түрли нәрселерди оқжайдан атып ойнап жүргенлериниң гуўасы балып жүрмиз. Бунда, әлбетте, оқжайдан атып ойнап жүрген ойын балларынанда өзлериниң нышанға алған нәрсесине тийгизиўде олардан, әлбетте, ең баслысы анықлық талап етиледи. Президентимиздиң итибары менен карар тийкарында бул спорт түрин раўажландырыўға итибар қаратылыўы келешекте республикамыз орайларынан узақ аўыллық жерлерде жасап оқжайдан атып ойын ойнап жүрген аўыл балалары ушын бул спорт туриниң техникаларын, яғный, әлўан түрли сырларын меңгерип алып ел басшымыз қарарында көрсетип өткен ҳәм алдына мақсет етип қойған шеклерге ерисиўде қыйыншылық туўдырмаса керке деп ойлайман. Себеби, қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў және оларды профессионал спортшылар қатарында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў. Профессионал спортшылар, маман тренерлер, төрешилер ҳәм қәнигелерди таярлаў және оларды кәсиплик раўажландырыў, оқыў-шынығыўлар процесине алдынғы илимий-инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар ислеп шығыў, илимий-изертлеўлерди алып барылыўы. Буннан тысқары қан-қанымызға сиңип ата-бабаларымыздан бизге мирас болып киятырған бул оқжайдан атыўды карар менен раўажландырыўға итибар қаратылыўы усы спорт түри менен шуғылланыўшылар ушын зәрүр материаллық-техникалық база ҳәм инфраструктураны қәлиплестириў ҳәм заманагөй спорт қураллары, үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасы менен тәмийинлеўге шараятлардың жаратылыўы бул спорт түриниң раўажланыўына тийкар болары анық. Қарарда корсетип өтилиўинше Туризм ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясының ҳәр бир балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (соның ишинде, енди жаңадан шөлкемлестирилетуғын мектеплерде) имканияттан келип шығып, оқжайдан атыў секция ҳәм бөлимлерин шөлкемлестириў, ҳәр бир олимпиада резервлери колледжинде (соның ишинде, енди жаңадан шөлкемлестирлетуғын колледжде) оқжайдан атыў бөлимлерин ашыў, 2022-2023-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетинде оқжайдан атыў тәлим бағдарын ашыў ҳаққындағы усынысларының мақулланыўы бул спорт түринен келешекте жасларымыз жақсы жетискенликлерге ерисиўлерине мүмкиншиликлер жаратып береди. Себеби, бул спорт түри бизиң уллы ата-бабаларымыздан бизге мирас болып қалған ҳәм әўладтан-әўладқа өтип киятырған спорт түри есапланады.қабыл етилген қарардың және бир әҳмийетли тәрепи сонда физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың параоқжайдан атыў спорт түри менен шуғылланыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың Паралимпия ҳәм Паразия ойынлары және халықаралық жарыслар, турнирлер ҳәм жәҳән чемпионатларында турақлы ҳәм мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеўди шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылғанлығы менен әҳмийетли. Оқжайдан атыўды миллий спорт түри сыпатында үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў, ғалаба ен жайдырыў, арқалы халықтың бул спорт түрине болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде 2021-жыл 1-сентябрь күнинен баслап оқжайдан атыў спорт түри бойынша аймақларда қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў ушын үш басқышлы системасы турмысқа енгизилиўи онда биринши басқышта-билимлендириў мәкемелери, балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, олимпиада резервлери колледжлери ҳәм басқа да спорт билимлендириў мәкемелеринен сайлап алынған спортшылар арасында район, қалалық жарысларын яғный район, қала «ҳәкими кубоги»н шөлкемлестириў. Екинши басқышта-район,қалалық жарыслардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери арасында аймақлық жарысларын яғный Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы «ҳәкимлери кубоги»н шөлкемлестириў. Үшинши басқышта-аймақлық жарыслардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери арасында республикалық жарысларын өткерилиўиниң нәзерде тутылыўы Оқжайдан атыўды миллий спорт түрине халықты, әсиресе, жасларды қызықтырыўдын және бир тийкары болып есапланады. Буннан тысқары тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен ҳәр жылы дәстүрий түрде оқжайдан атыў спорт түри бойынша Ташкент қаласында «Алпамыс ҳәм Баршынай» ,Самарқанд қаласында ҳаял-қызлар арасында «Тумарис кубоги» халықаралық турнирлерин өткериў, елимиздиң туристлик потенциалын және де кеңнен көрсетиў ҳәм бул спорт түриниң ғалабалығын арттырыў мақсетинде Бухара, Қоқанд, Самарқанд ҳәм Хийўа қалаларында «Туризм ҳәм оқжайдан атыў ҳәптелиги»н шөлкемлестириў ҳәм оның шеңберинде кең туристлер ағымын тартқан ҳалда оқжайдан атыў бойынша спортшылар ҳәм туристлер арасында турнирлер, шеберлик сабақлары ҳәм ушырасыўлар, туристлик потенциалы сәўлеленген сейиллер өткериў ҳаққындағы усынысларына келисимниң берилиўи ҳәм ел басшымыз тәрепинен усы спорт түрин кеңнен раўажландырыўға қаратылған имканиятларынан келип шығып, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып қалған, биз ушын әпиўайы болып көринген бул оқжайдан атыў халқымыз арасында миллий спорт түри сыпатында кең түрде ғалаба ен жайыўына гүман жоқ.
Толыбай Арзыбеков,
Өзбекстан дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы «Арал» спорт клубы атқарыўшы директоры